ПӘРАЎАН
Қарақалпақша
кел. 1. Арқайын, еркин.
Сәйир әйлабан гезип сааты заман, Шахсәнем, Ләйлидей жүрип пәраўан (Әжинияз).
Сол үлкен эпизодлардың той-мерекеде пәраўан бир ақшамға жететуғынлығына да байланыслы (Қ.Мақсетов).
Қашымды тезирек үйиң, ағалар! Пәраўан турмыстын гүли боларман (И.Юсупов).
2. Мықлы, қарыўлы.
Ержете келе пәрдийўалға ылайды пәраўан ата алатуғын болады (Ә.Атажанов).