ПӘРУАЗ
Қарақалпақша
пәрўаз етиў ф. 1. Шарықлап ушыў, қанатын әсте қағып ушыў, ушып ойнаў.
Булақлар жол табар тасларды тесип, бүркит пәрўаз етер бултка илесип (Т.Сейтжанов).
Қыялымда бундай ғаңқылдаған даўысты ерте бәҳәрде арқадағы Аралға ушып баратырған ғазлардың ҳарғын пәрўазында бағанағы сайдың бойында талай еситкеним бар (Т.Қайыпбергенов).
Бәлент пәрўаз әйлеп, Қолтығыңда канат болайын сизге (И.Юсупов).
Анасы «босатып жибер, еркинликте пәрўаз етип үйренген қус қамаққа шыдамай өлип қалады», — дейди (Ш.Сейтов).
2. Кеўил көтерилиў, йошланыў, шадланыў.
Бул сөзди еске алыўдан иске қулшынып кеўлим көкке пәрўаз етеди (Ө.Хожаниязов).
Қўаныш қойнымда етемен пәрўаз (Ж.Аймурзаев).