ПӘСКЕЛТЕК
Қарақалпақша
кел. Пәс, төмен, келте, қысқа.
Сыртқы дийўалы жарғақ пәскелтек бес-алты қақыра көринеди (К.Султанов).
Шертектиң кирер жери азғантай пәскелтек те, аржағы шарбақтың шетине дейин созылған сыпа (Т.Қайыпбергенов).
Ақ араласқан қалың сақалын тутамлап ойға батқан Беркинбайдың көз алдына Борисовқа аўылының қысқы қар астына көмилген пәскелтек ағаш үйлери елеследи (К.Кәримов).
Пәскелтек жайдың қасында турған қундыз телпекли кисини шақырды (К.Мәмбетов).