ПӘТ
Қарақалпақша
ат. 1. Епкин, күш, ғайрат, ҳәрекет.
Өз пәтим менен аўдарылып жаптың ернегине жалып ете қалдым (Ж.Аймурзаев).
Әткөншеклер булдырыққа пәт алып, Ақшам айқулаштың майданы келди (И.Юсупов).
2. Ҳәўиж, жигер, қурыж, йош.
Арттырыңыз истиң пәтин, Азанғы ис қалмасын кеш (Т.Сейтмамутов).
3. Уақыт, мезгил, мәҳәл.
Келгенше бойы қанша женил болса да, аўылға араласқан пәтте уў-шуў еситилиўи беденин титирентип жиберди (Т.Қайыпбергенов).
Ол районнан шыққан пәтте қанша ғужырлы, исенимли болған менен бийтаныс аўылға жақынласа келген сайын мүсәпирлене берди (Т.Қайыпбергенов).
Келиў пәтке сөз жарыўға тартынып отырды (Қ.Аралбаев).