ПӘТИК
Қарақалпақша
ат. 1. Жайдың төбеси, жоқарғы жағы.
Пәтик ағашлары оттан шыққан шаладай қап-қара, дийўалларда ыс (Ә.Шамуратов).
Оннан тысқары пәтикте дүткеш бар, түтин соннан шығады, бултлы күнлери гүңгүрт, ашықлықта көзи үйренген киси иште не барын еркин көреди (Т.Қайыпбергенов).
Пәтиклерде қарлығаш сөйленеди, сайрайды (Т.Сейтмамутов).
2. аўыс. Дийўалдың жоқарғы тәрепине ҳәр қыйлы затлар қойылыў ушын қойылған орын, текше.
Дигирманның уясын өзине қаратып атырған шымшықлар да гуў етип ушып, сейисхананың пәтигине жасырынды (С.Баҳадырова).