ПӘТПЕЛЕК
Қарақалпақша
ат. Қамыс қыяқларына яки жиңишке шыбыққа жуқа қағазды жабыстырып төрт мүйешли етип, қағаздан ямаса шүберектен қуйрықша байлап, жиңишке сабаққа байлап самалға ушырып ойнайтуғын балалар ойыншығы, зат.
Қағаз қыйып қатырып бир пәтпелек соғыңлар («Қырқ қыз»).
Пәтли қәўимнин жетегине ерип, түсликтен арқаға қарай пәтпелек болып жуўырдық (К.Мәмбетов).