⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

ПӨПЕК

Қарақалпақша

ат. 1. Жарасық ушын, бас кийимлерге яки басқа да кийимлерге қыстырып қойылатуғын гүл тәризли иеленген шар формасындағы зат. Сонғы папак малақай шыққан ўақытларда да тақыяның пөпегин қапталына шығарып жүретуғын еди (С.Хожаниязов). 2. Өсимликлердиң ғужланған гүли яки ғужланған жапырағы. Таў түбинде сырлы булақ ағып тур, Әтирапында тал пөпегин тағып тур (Т.Сейтжанов).