РӘЎА
Қарақалпақша
кел. Миясар, ылайық, мақул, тек, бап, қолай, дегендей.
Рәўа көриў, рәўа көрмеў: а) миясар көриў, тенгериў, сәйкес көриў, ылайық деп билиў, дурыс деп табыў; б) ылайық көрмеў, миясар деп таппаў, дурыс деп есапламаў.
Бердимурат айтар сөзди, Жас алдырар еки көзди, Сөкпеңизлер енди бизди, Өзиме рәўа көрмедим (Бердақ).
Елине бос қайтыўды өзине рәўа көрмей Алпамыс Қаражанның қаласында көринбестен жатпақшы болып Шубарды адамға көрсетпей бақпақшы болды («Алпамыс»).
Жалған сөзлер узақ өмир сүрмейди, Рәўа көрме тақсыр бизге өлимди («Алпамыс»).