САЎАЛЫЎ
Қарақалпақша
ф. Емлениў, тәўир болыў, аўырғаны қойыў, дүзелиў.
Ол сөзсиз көп узамай саўалып кетеди (С.Хожаниязов).
«Қорқақты көп қуўсан батыр болады» деғендей сол күни бурынғыдай аяқ-қолы қалтырайтуғын ҳаўлықпа кеселден саўалған ол, прием басына мардыйып барды (К.Султанов).
Халықтың қушағы ыссы, ыссы қушақларда бәриниз саўалып кетесизлер! (Т.Қайыпбергенов).
Еки ҳәптеден кейин толық саўалып, қайтыўға руқсат берилди (М.Нызанов).