⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЎАП

Қарақалпақша

ат. (а. — сыйлық, қайырлы, жақсы ис). Диний исеним бойынша қудайдың исенимине, мәрҳаматына ылайық ис ҳәм сондай ис ушын қудайдың сыйлығы, өзгелерге биймиллет иеленген қалыс жәрдем, ийгиликли ис. Биз себепли көп нәтийже табарсаң, ада болмас көп саўаплар аларсаң («Мәспатша»). Соған ылайық, сиз де бир илажын етсеңиз саўапқа қаласыз? (Ж.Аймурзаев). — Жигитлерим, дослық ушын қан төгиў — саўап ис, — деди Маман бий өз нөкерлерине қарап (Т.Қайыпбергенов). Сөйтип саўап табатуғын еди бизден алдынғылар (М.Нызанов). Пайда болса қашпас, бир жағы халықтың мүтәжи питсе, жол жүрсек саўабымыз жылаўымызда болады, Бахыйжан иним (К.Кәримов).