САЎАТ
Қарақалпақша
ат. (а.
— қаралама жазыў, оқыў-жазыўды билиў).
Илим, оқыў, жазыўды билиў, хабардар болыў.
Әлбетте, сораўға толық хуўап бере алмағаның тек саўатыңның кемислиғинен емес, бирден ортаға түскен соң өзиң де ҳаплығып қалғансаң ғой (К.Султанов).
Уллы Наўайыдан саўат ашқаның, Даңқды Физулыдан дүрлер шашқаның, Устаз Мақтымқулдың изин басқаның, Улығлардан үлғи алғаны болдың (И.Юсупов).
Қайта қартайғанда саўатымды аш атуғын түрим бар (Т.Қайыпбергенов).