САЎАТЛЫ
Қарақалпақша
кел. Илимли, билимли, оқыў-жазыўды билетуғын, көп оқыған, еркин пикирлеўши.
Олар да мендей саўатлы болыўды жақсы көреди (Ж.Аймурзаев).
— Ойлап көр, бизлердиң қайсымыз саўатлымыз? — дести өз ара жабырласып (К.Султанов).
Қайсы улттың саўатлысы, уламасы көп болса тили менен қолы узын болар екен (К.Кәримов).