САЎАШ
Қарақалпақша
ат. Урыс.
Усы жерде қанлы саўаш, Болған десең ҳеш инанбас, Бәри сулыў, бәри де жас, Крещатик қаштанлары (И.Юсупов).
Саўаш күни ылғал таслап, Сәрдар болып, жыйын баслап, Жанғазы ханды қылышлап, Сойқан салды Ерназар бий (Бердақ).
Олар, бөлинген жалғыз ғана Ғайып баҳадыр бул хабарды әкесине жеткерип ойласық қылыў ушын, дөңниң аржағында ыңқа-ыңқ қызып атырған саўаш майданына қарай кетти (Т.Қайыпбергенов).
Ира, мен саған неше мәрте айтаман, саўашта жүргенде де бизге иш иўди қадаған етпеген (М.Нызанов).