⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САБАЛАЎ

Қарақалпақша

ф. 1. Қамшы, таяқ, муш, темир сыяқды нәрселер менен үсти-үстине, тез-тез, қайта-қайта урыў. Жаман адам қоңсысын табалайды, қонағын жақтырмаған баласын сабалайды (Ж.Аймурзаев). Атлы биреў алдындағы еки пияданың өкшелерин бастырып, узын сырық пенен сабалап, аўылға кирип киятыр (Т.Қайыпбергенов). 2. аўыс. Силтеў, қағыў, талпыныў. Қабырғасы майырылған қустай алдына мантығып, қырға талпынып, қанатын сабалайды (К.Султанов). Усы демде жаўын бурынғыдан да пәтленип, кийиз үзикти сабалап атырғандай болыўына қарамастан, маңдайы жыйырылған адам болмады (Т.Қайыпбергенов).