САБЫНЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Сабын сүртиў, жағыў, сабын менен жуўыў.
– Гүлпаршын бәйбише андып кирип барса, Бийбираба өзиниң бөз көйлеғин сабынлап жуўып отыр екен (Н.Бөрекешов).
– Бирлескенге не жетеди, аға, – деп ол мочалкасын бурқылдатып сабынлап, мениң арқамды ысыўға қолайласты (Т.Қайыпбергенов).