⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САБЫР

Қарақалпақша

ат. (а. – Шыдам, тақат, ерк, төзим). Бир жағдай ямаса қубылысты шыдам менен күтиў, қанаат етиў, өзин тыйыў. Сабыр етиң аз ғана күн, Тайынлайман не дәркарың («Мәспатша»). Көп ақылдан пайда жоқ, сабыр-ықрары болмаса (Қ.Айымбетов). Айқасар отлы әптап, жәбир менен, Жығылса иси болмас қәбир менен. Жаўмай өткен бултларға өшегисип, Түйедей төзе билер сабыр менен (И.Юсупов). – Сәл сабыр етиңлер, – деди ол өзин мәрт тутып (Т.Қайыпбергенов). Ол сол хабарды күте берип сабыры таўсылды (К.Кәримов). 0 Сабыр кесеси толыў – шыдамы таўсылыў, артық шыдаўға тақаты қалмаў, тақаты тақ болыў. Бул жанған от әтирапына топланған, Өзбек, қарақалпақ, түркмен-қазақ, Сабыр қасалары толып шайпалған, Мазлум халықлар еди көп шеккен азап (И.Юсупов).