⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САДАҒА

Қарақалпақша

ат. Қурбан, пидә. Мен болайын аға сеннен, садаға, гүңлик пенен күйип өттим дүньядан («Қырқ қыз»). 0 Садағаң кетейин — ыразы болыў, қайыл қалыў, кеўли толыў. Адамлар бар: өзимшиллик бийлейди, «Өзим» десе, басқаларға иймейди, Садағаң кетейин, Саадий айтқан ғой: «Өзин сүйген өзгелерди сүймейди» (И.Юсупов). — О-о, садағаң кетейинлер-әй! Айтпақшы, және бир сырды билесең бе? (Т.Қайыпбергенов). — Ўай, садағаң кетейин кәтқуда адамды қойсеш! — деп, шәўкилдеп күлип, ентигип сөйледи (К.Султанов). Садағасы кетсин — ыразы болмаў, қайыл қалмаў, кеўли толмаў. Муғаллимнен кетсин өзиң садаға — Қарағысыз елге, бала-шағаға - Адам етин жейтин хайўан болдың ба? (И.Юсупов). — Қойсаң-ә, садағасы кетсин ондай саўаптын! Қаяктың мүсәпири ол — әлле неткен бир урғашы деп ақ сүт берген анасына, уўыздай келиншегине, гүлдей нәрестесине қарамаған иймансызды... (М.Нызанов).