⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САДЫҚЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. Исенимлилик, турақлылық, дурыслылық. Бирақ, умытпассаң бундағы елдиң, Мийнетке, дослыққа садықлығын сен, Ығбал ырысқы өскен бул қыйын жердиң, Көрки, сақыйлығы кетпес кеўлиннен (И.Юсупов). Мен өз лебизиме садықлық еттим (Т.Қайыпбергенов). Бирақ, өмириниң ақырғы демлеринде ҳеш нәрседен бас тартпастан Аркадийди өзи излеп тапты ҳәм оған болған муҳаббатына садықлығын дәлиллеў мақсетинде сүйегин сол журтта қалдырды (М.Нызанов).