⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЗ IV

Қарақалпақша

ат. (п. — мунапықлық, сәйкестик). Қолай, тайым турыў, таяр турыў, сазлаўлы. Бизиң халықтың бийлери, саздур жәҳәнде үйлери, Таймастан ҳеш ўақ күйлери, Дуўры жуўап айтқан емес (Бердақ). Аз да болса саз болсын (ққ.х.н.). Ҳәммеси саз, — деди Турымбет аға (Ө.Хожаниязов). Ханның орнына Ырысқул бий жуўап берип, тез әкетиўи ушын ҳәмме жағынан саз етилип қойылғанын айтты (Т.Қайыпбергенов). 0 Саз бериў — таңның атып ағара баслаўы. Маман оянғанда таң саз берип киятыр еди (Т.Қайыпбергенов).