САЗА II
Қарақалпақша
ат. Сес, даўыс, хабар.
Биреўлер усы имаратлардан: «тилегиң бәржай болды, үйиңде күт!» деп саза еситкендей аяқ-аяғына тиймей қайтып кетип атыр (К.Султанов).
— Уәде бересең бе? — деди меннен тегиндикте саза шықпағаннан кейин (М.Нызанов).