⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЗЛАЎ

Қарақалпақша

фей. 1. Таяр етиў, таярлаў, тайын турыў, безеў. Мурат шайық бул хабарды Қоңырат урыўына тез жеткириў ушын атларды сазлаўды атқосшысына тапсырды (Т.Қайыпбергенов). Балықшылар геўгим түсиўден-ақ қорғасын аў, қайықларын сазлайды (К.Султанов). Қос-қос гилем тутып сазлаған үйлер, Бәри пахтакештиң бахтынан сөйлер (И.Юсупов). 2. аўыс. Баплаў, пәнт бериў. Сазлайман деп сөз берди, Душпанлық жайлап ишин (Б.Қайыпназаров).