⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САЙЫЛ

Қарақалпақша

ат. (а. — сейил, пияда жүриў, гезиў). 1. Үйи, мәканы жоқ, ел гезиўши, гезенде, дийўана. Жолларында болдым сайыл, Бедеўге тарт беккем айыл, Шының менен ашық болсаң, Силтеген жерлерден табыл («Мәспатша»). Өзи ушын ис етер ақылға зайыл, Болып усынындай заманға қайыл, Ел қыдырған қыдырымпаз гил сайыл, Жумыс етпес ҳеш ўақытта халық ушын (Бердақ). Бар наныма бир дастурхан толмас, Күнимди сайылға барабар етти (А.Дабылов).