ф. Бир затты қурыў, тиклеў ямаса затты екинши бир заттың ишине таслаў, қуйыў.
Тақыятас еле жақын қонажақ, Хожелиге және көпир салажақ, Бул үшеўи келешекте қосылып, Будапешттей үлкен шәхәр болажақ (И.Юсупов).
Қазаныңа не салсаң, шөмишиңе де сол илинеди (нақыл).
Айтқан сөзи шекер, бал салған набат.
Жақсының сонындай мийрими болар (Әтеш).
Қәде-қәўм етти күйеўдин қалтасына салып жибереди (К.Султанов).
0 Адам салыў — адам күшинен пайдаланыў ушын салық есабында ҳүкимет тәрепинен иеленген ҳәрекет.
Ханнан жасаўыл келди: Жаңакент қаласының курылысын баслаў ушын аўылға көп адам салыныпты (Т.Қайыпбергенов).
Азыў салыў — зорлық ислеў, затларын тартып алыўға хәрекет ислеў.
Мине, соннан бери оның қоржыны жуўанып, алдынан кесе өткенге азыў салып тур (К.Султанов).
Айбарақ салыў — бақырыў, шаўқым шығарыў, даўласыў, жәнжел шығарыў.
Серлеп истиң питер жағын, Салып булар айбарағын, Силтей алмай жаў-жарағын, Усламақшы болған екен (Бердақ).
— Саат он екиге дейин ҳеш кимди ишке жибере алмайман, — деп айбарақ салып турар еди (М.Нызанов).
Айта салыў — тосаттан сөйлеў, бир нәрсени айтып қойыў.
— Әўлийедей қайнағаның атын айтып салыппан ғой, аңкду басым!... (К.Султанов).
Зыят гәп айтып салыўдан қорқдман (М.Нызанов).
Ақлара салыў — барлық нәрсени айтыў.
Алдына салыў — а) бақырыстан, сөгистен қорғаныў мақсетинде өзи менен бирге арашаға адам әкелиў.
Гәптиң бир бәнтинде Есенгелди баланың өкесинен сескенип, өзин алдына салып әкелгенин сездирди (К.Султанов).
Егер алдына кәтқуда салып келсе, тәнҳа өзим сөйлесип көрермен... (Т.Қайыпбергенов).
б) бенде етиў, байлап алып кетиў.
— Қызды туўған қайсы ҳаял? Алдымызға салың дәрҳал! Асармыз дарға, итимал, — Десип буйрық берген екен (Бердақ).
Жасаўыл кешке таман бир топ ярым жалаңаш баланы ат алдына салып сатырлатып куўып келди (Т.Қайыпбергенов).
Артқа салыў — изде, кейинде қалдырыў.
Үш күнлик жол артқа салып, Аттың басын тарттыдағы, Куўған жаўды күтип алып, Қайта саўаш курды тағы... (И.Юсупов).
Асыр салыў — куўаныў, кэўиллениў, ойнаў.
Бизиң кең жайлаў үнсиз жапалақ киби қуслары менен емес, кең далаға сыймай, асыр салып ойнайтуғын асаў тай киби, шақалақлаған күлкиси бүлбил сестине мегзее Перихан менен гөззал екен! (Т.Қайыпбергенов).
Ат салысыў — жумысты, хәрекетти биргеликге ислеў.
Жасаўыллар келгели Мәдеминниң иниси Қудиярдың Қосыбай аўылының қырманына ала топылып жүргени де, бир жағынан Халмурат байдың кеги ушын ат салысқаны еди (К.Султанов).
Аў-дузақ салыў — аңға шығыў, балық услаў.
Қызы салып аў-дузағын, Алды көлдиң ақ шабағын, Ҳәм аш қылмады тамағын, Ата ыразы болған екен (К.Султанов).
Аўзына ас салыў — ер жетиў, ата-анасын баға алатуғын дәрежеге жетиў.
— Тәўирмен.
Бизиң Жақсылық аўызымызға ас салыўдың ғамын ойлайтуғын болыпты (Т.Қайыпбергенов).
Аўыз салыў — тислеў, алыўға қолайласыў.
Қем-кемнен ийтлер өршеленип, өшпенлиги улғайып Қөдирдиң денесине аўыз салыўға жақынласты (К.Султанов).
Әўереге салыў — ҳәлеклеў, жумысын, мүтәжин питкермеў.
Сеннен жасырынып қашсам аңлып, Ийисшил ийттей излеп таўып аласаң, Тоғайда адасқан жолаўшы яңлы, Әўере-сарсаңға бизди саласаң (И.Юсупов).
Бадабат салыў — бар даўысы менен сөйлеў, шаўқым шығарыў.
— Әй, Жәнибек тархан, аз ғана ўәжлесейик, — деп алыстан бадабат салып, қапталындағы Маман бийге сөйлеп баратыр (Т.Қайыпбергенов).
Бай-бай салыў — даўыс шығарып жылаў.
— Ой, шырақ! Немене, көшеде бай-бай салып? Сәбимисиң түге! (М.Нызанов).
Бас салыў — бирден, тезлик пенен ҳәрекет етиў.
Машинаны тутты алға жүргизбей, Үндеспейди аўзын буўған өгиздей, Шофёр шықты ручкасын қолға алып, Урды олар бас салып, Тутты қызды бир аўыз сөз деғизбей (И.Юсупов).
Белги салыў — қәбирдиң басына сол инсанның исмин жазыў, белгилеў, қоршаў ямаса жай салыў.
Саған алып келген гүлим де жоқ бир, Акдықларың қорка-қорқа, басыңа, Еплеп белги салған.
Оған да шүкир (И.Юсупов).
Буғаў салыў — илмек жипке илдириў, тутып алыў, алдаў.
Буз-булақ салыў — даў-жәнжел, урыс шығарыў.
— Жаў жағадан алса, Төребай қудамыз қызымды алып кетемен деп үйге буз-булақ салып атыр (К.Султанов).
Бүлик салыў — бүлдириў.
Бүлдирги салыў — бузыў, ўайранлаў.
Гезек салыў — ретлесип ислеў.
Ғайрат салыў — бар күш-жигери менен ислеў, ҳәрекет етиў.
Ҳәр исиңиз жеңислерге мәдаткар, Тарийх бетлеринде атларыңыз бар, Жарыскд түс десең бизлер қарыйдар, келиң иске ғайрат салайық, қызлар (И.Юсупов).
Ғаўға салыў — шатастырыў, аразластырыў.
Дөҳмет салыў — жала жабыў, орынсыз асылыў.
Ғулғыла салыў — еки ойлы етиў, ойландырыў, иркиў.
Гейде қатты зеригип кеткен ўақгымда ишки сезимлерим маған ғулғула салады: «Қоныраў етип көр, мүмкин оның телефоны ислемей қалып, сени таба алмай атырған шығар!» (М.Нызанов).
Даў салыў — өз ҳуқықын талап етип жәнжел шығарыў.
— Азаншы Ешнияз ахун неғе жоқ? Өлтирғенсиз, — деп қосымша даў салып жиберипти (Т.Қайыпбергенов).
Күйеўи даў салып келип тур еди, сол жерде жасы үлкен бир кемпир оған тәселле берди (М.Нызанов).
Даўрық салыў — даўысын көтериў, шаўқым салыў.
Онда да әкеси даўрық салып оятты (Т.Қайыпбергенов).
Дәри салыў — ҳәр қыйлы вакңиналарды шаншыў жолы менен емлеў.
— М аган тезирек тынышландырыўшы дәри салың, — деди (М.Нызанов).
Динге салыў — өз дининен ўаз кештирип, басқа динге өткериў, өзиниң айтқанын болдырыў.
Оразанның улы Маман жүдә зор бала болды.
Бәрин бегиштирип динге салып атыр (Т.Қайыпбергенов).
Дыққат салыў — кеўил менен тынлаў, кеўил аўдарыў.
Оның үстине мен де оған дыққат салып қарамайман (М.Нызанов).
Есине салыў — ядына салыў, еске түсириў.
— Лекин, бир нәрсени есиңизге салып қояйын, сизлер аўкам көлеминде азшылықты қурайсыз (М.Нызанов).
Жай салыў — имарат қурыў, үй тиклеў.
Бизлер жақында жер жай салып, көшип кеттик (М.Нызанов).
Жанына егеў салыў — қыйналыў, азапланыў.
Үйде апамның маған суўысып кеткени, Алпамысты барып көре алмағаным, шаппаттайдан «қайнаға» болып, тез басылып қалыўға мәжбүр болғаным себепши болды ма, қулласы, елден шығып баратырғанда қыялыма келмеген бул саўаллар енди күн сайын мениң жаныма егеў салар еди (М.Нызанов).
Жапырақ салыў — жапырақтың өсиў дәўириндеги өзинен жапырақ шығарыў фазасы.
Яд билемен кайсы терек қайманда, Қай бәҳәрде қанша жапырақ салғанын (И.Юсупов).
Жар салыў — жәриялаў, көпшиликке хабарлаў.
Оның айтыўы бойынша, Шортанбай аўылында аўыл хожалығының складына от берейин деп атырған адамды биз секилли оқыўшылар арасынан дәўжүрек биреўи көрипти де, аўылға жар салып шығыпты (Т.Қайыпбергенов).
Кеселликти емлеўди тышқанларда, қурбақаларда сынап көрип, қурттай өзғерис болса дүньяға жар салады (М.Нызанов).
Жаўшы салыў — айттырып барыў, ортаға адам қойыў.
Онда еки ел әрўақ-уран шақырысып, жаўшы салып, аразласыўы ҳәм бир питимге келиўи лазым... (К.Султанов).
Жәнжел салыў — урыс шығарыў, даў шығарыў.
Желбигей салыў — кийимниң жеңин киймей ийнине илдириў.
Туўар таппаған жигит арысландай күши, таўыстай келбети болса да жасы кыркка келгенше шапанын желбегей салып: елме-ел гезип қыдырыў менен сергелдең еди (К.Султанов).
Жерден алып, жерге салыў — қатты урысып кейиў.
Жибине салыў — кексе жастағы адам өлген күни кийимлерин жипке илдириў дәстүри.
— Келинге бер, аршаға тасласын.
Мен өлгенде жибиме саларсыз! — деди (М.Нызанов).
Жигер салыў — бар күши менен ислеў.
Жолға салыў — а) дүзеў, ақылландырыў.
Ана тәрбиясын көрмеген мен сорлыны дурыс жолға салыўшылар бар еди ғой... (Т.Қайыпбергенов).
б) силтеў, көрсетиў.
Жол салыў — жаңадан идея, пикир, ис, жумыс баслаў.
Сумлық жайлаған бул делбе дүньяда, Сиз тыңнан туўры жол салып келесиз (И.Юсупов).
Оған себеп бириншиден — Қулымбет бийликти алған соң қол астындағы алыс жатқа салғыртты батыра салса, екиншиден — алдында жол салып кеткен устазынан алған тәлими бойынша ол да: «Айдос болып, ханға жаранаман» деп, бийлик камшысын шыйрақуслады (К.Султанов).
Жөнге салыў — дүзетиў, тәртипке салыў.
Алғәрез; жесирди кайтарып, бузық тентегин жөнге салып, жүўенлейди! (К.Султанов).
Жүзин төмен салыў — қапа болыў, кеўли қалыў.
Толған айдай дөңгеленген жүзинди, Өйтип төмен салма не болса соған (И.Юсупов).
Заўал салыў — азап бериў, қыйнаў.
— Қызды туўған сол ҳаялды, Онындай бузық қыялды, Салып басына заўалды, Тез келтириң! — деген екен (Бердақ).
Зәулим салыў — ҳәкимшилик етиў, зорлық ислеў.
Зейин салыў — ыкласланыў, дыққат пенен ислеў.
Меңлимурат аға оның бул әңгим есин күтә зейин салып мақуллайтуғын еди (Т.Қайыпбергенов).
Зикир салыў — ертеде қолланылған ем, емлеў, даўалаў усылларының бири.
Әрўақ шақырып гарры порқан, Гүбелектей отқа урар, Зикир салып дуў аламан, Массагетлер ойын курар (И.Юсупов).
Өзи болған ғошшақжигит, Катты кетип барасаң сен.
Бизден сизге пәнди үгит, Зейниң салып қарасаң сен (К.Султанов).
Ийттиң күнин салыў — қорлаў, азап бериў.
«Басыңа ийттиң күнин саламан», «Ҳә, ийттиң туўғаны сениң!» (М.Нызанов).
Из салыў — белгиленген жерден биринши рет жүриў.
Бул көшеге биринши мен из салып атырман, — деп күлип қойды (М.Нызанов).
Ийнелик салыў — балық услайтуғын аў-дузақ тоқыўдың усылы.
Ҳәмменин қолы қыймылдап атырған соң кемпир де қарап отырыўдың есабын таппай, складтан 10-15 кило жип алып «ийнелик» салып отырғанына жылынан асты (К.Султанов).
Иске салыў — жумыс баслаў, ислеў.
Исбилермен деғен сырлы илимди, Иске салып, көзин тапсаң булақтың, Узын қылар қолың менен тилиңди, Еңбегинди емип, хош болар ўақтың (И.Юсупов).
Кассаға салыў — өзине тийисли пул, ақшаны өсимине банкке аманатқа қойыў.
Жумабайлар мийнет қақысына тийисли пулларын аманат кассасына салыўды билмей тек урғашы мал сатып ала беретуғын еди (Т.Қайыпбергенов).
Кэўлине жақсылық салыў — қарасыў, жәрдем етиў, жумысын питкериў.
Кудай кэўиллерине жақсылық салып, қаял-қызлар байрамы күни Вася екэўи мени аэропорттан Москваға узатып салды (М.Нызанов).
К