САМАР
Қарақалпақша
ат. Ағаштан ямаса темирден иеленген үлкен табақ.
Күн шуўаққа шығарып қойған самардағы суўды ише берди (Ж.Аймурзаев).
Ырыскул бий куяшламада төсек салдырып, үлкен самарды сапырып қатық ишип атыр еди (Т.Қайыпбергенов).
Пуўы бурқыраған сары самардағы жарманы пашшайы зеренге қуйып Қосыбайдың алдына қойды (К.Султанов).
Соң самар табақтай төңкерилген қарын көринди (М.Нызанов).
Көп өтпей тайдың пискен ети салынған үлкен қара самарды көтерген жигит кирди (К.Кәримов).