САМБЫРЛАТЫЎ
Қарақалпақша
(ШАМБЫРЛАТЫЎ) ф. Суўды қол ямаса аяқ пенен ҳәрекетке келтириў.
Тап суў кешип самбырлатпаў ушын аяқларын еп пепен басып киятырған секилли Аллаярға күлип жибере жазлап, өзин иркти хәм оның бир нәрсе деп қоймаўының алдын алып «сөйлеме» деген белги ушын еки бармағы менен еринлерин қысты (Т.Қайыпбергенов).
Шәртек тасасынан сығалап көрсе, Суўды шамбырлатып атыр бир нәрсе, «Жайын ба» деп ушып турды орнынан, Сонда бир қызық ис көринди оған (И.Юсупов).