САМОЛЁТ
Қарақалпақша
ат. (р. — өзи ушыў).
Моторлы, қанатлы, ҳаўадан аўыр болған ушатуғын машина, аппарат.
Москваға Ил-18 самолёты менен төрт саат уштық (М.Нызанов).
Ташкент аэропортына қонған «Боинғ» самолёты баҳайбат қус киби тийисли орынға келип иркилип, адамлар түсе баслағанда узын бойлы, арық-турақ, отыз жаслардағы жолаўшы аўыр жол қалтасын ийнине салып, еле трапта турып, көкиреғиндеги камераға қол узатты (К.Кәримов).