САН II
Қарақалпақша
ат. 1. Бир нәрсениң есабы, мөлшери, муғдары, шамасы, математикалық түсиник.
Жумыстың түри көп болған менен ислейтуғын адамлардың саны азайып баратыр (Т.Қайыпбергенов).
Тарының саны белгили, сол тарыны кеш болғаннан азанға дейин терип бересең (Қ.Айымбетов).
2. Газетаның жаңа номери.
Дослар менен азанғы шай ишилди қоста, Жылқыманлар күндегише егленип тыста, «Газетаның» жаңа келген санларын қарар... (И.Юсупов).
0 Сан тийиў — қатарға қосылыў.
Әне, сөйтип, тосаттан булт астында қалған ҳақыйқый бир жулдыз жарқ етти, бурын сан тиймей жүрген Өмирбай журтқа қәдирли болды (Т.Қайыпбергенов).
Сан мың — саны белгисиз, көп, мол.
Лекин, жүрегиңде толқыған сан мың, Ойлар жатар еди Кавказ таўындай, Теңсиз аўыр өмири ана Уатанның, Жаслық жигериңди лаўлатты сондай (И.Юсупов).
Сан рет — талай, неше мәрте, көп.
Гүллер мысал кесе тутқандай маған, Балаўызын толтырып пал шарапқа, Сонда шайыр жүрегиңде мухаббат, Кенарынан толып тасты сан рет (И.Юсупов).