⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САНААТ

Қарақалпақша

ат. (а. — шеберлик, кәсип-өнер, өндирис, индустрия). Халық хожалығының шийки затты қайта ислеў, жер асты байлықларын қазып алыў, өндирис қуралларын ҳәм кең тутыныў буйымларын ислеп шығарыў менен шуғылланатуғын бөлимлер, соған байланыслы кәрхана, завод-фабрикалар тармағы, индустрия. Бектурсынның әкеси Мойнаққа көшип келгенде бул санаат орны онша үлкен емес еди (А.Бегимов). Балық санааты министрлиги жиберген радиограмманы көрсетип қуўантты (К.Султанов).