САНАҚ
Қарақалпақша
ат. Есаплаў, санаў.
Тек те ғана қасқырды, Алмады бул санаққа («Қырқ қыз»).
ф. 1. Есаплаў, санын анықлаў, есабын алыў.
Мен гүўалардың алдында барлық пулды бирим-бирим асықпай санап шықтым (А.Бекимбетов).
Яқшы деп аўылдағы қызлардың атын биримлеп санайды (К.Султанов).
2. аўыс. Қатарға қосыў, билиў, түсиниў.
Журттан өзин бийик санап, Тап қораздай шыррыяды (Т.Жумамуратов).
Бул қылўасын өз мәпине орынлы санаған Төребай үйине келди (К.Султанов).
Жек көрсе ол, «жек көремен сени» — деп, Саған барып айтпағанша тынбайды, Бир пул тапса, «бай деп санаң мени» деп, Есип жумсап куртпағанша тынбайды (И.Юсупов).