⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САНАҚЛЫ

Қарақалпақша

кел. Есаплы, белгили, мөлшерли, есапланған. Аўылда бар адам санаўлы, басқасы хаял, бала-шағалар (Ө.Хожаниязов). Хабаршы инисиниң күнлериниң санаўлы қалған болыўы итималлығын айтқандай бир сескенип түсти (К.Кәримов). Санаўлы секундлардан кейин мен уйқылап кетиппен (М.Нызанов). 0 Санаўлы дем — өмирдиң қысқалығы. Қай жерде ким алмаған есабын буның, Лекин дем санаўлы, өлшеўли десер, Пышық қуўып таўысар найшаның жибин, Қайтып келмес жолға кәрўанын көшер (И.Юсупов).