⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САНДЫРАҚЛАҚ

Қарақалпақша

ф. 1. Есин билмей жөнсиз, мәниссиз сөйлеў. Сандырақлап бир аўызды тыймадың, Өз пейлиңнен қарап болдың порқанлық (С.Нурымбетов). Көзи жумылыўлы, көкиреги сергек, Жатыр сандырақлап жас сулыў дүзде, «Сүйиклим, кеўлинди тек маған бер» деп, Сол ғайбана даўыс түседи изге (И.Юсупов). Мине, сонда, Есенгелди шыдамай, Ырысқул бийге усылайынша сандырақлаған еди (Т.Қайыпбергенов). 2. Уйқыда жатырған адамның сөйлениўи, уйқысыраўы. Татлы азап тартып жүдедим азып, Пүткил дүнья бос қалғандай қулазып, Түсимде көп сандырақлар екенмен, Жүрдим дәптер толы қосықдар жазып (И.Юсупов).