САНЛЫ
Қарақалпақша
кел. Белгили сан ямаса санлар менен көрсетилген.
Бир аз санлы халықтың улыман мен де, Бирақ та менде бар ең уллы Ўатан, Қайра-қайра басып жүрсем бул жерди, Мен әййемги Антейден де мықлыман (И.Юсупов).
«Табақлы» урыўы өзлериниң аз санлы болғаны ушын ба, бәри бир адамның баласындай миймандос, көп посыў себепли үлкен урыўдан киширейген, ал миймандослықтың үлгиси пүткил елге усы урыўдан тарқалған деген гәп бар... (Т.Қайыпбергенов).