САП II
Қарақалпақша
ат. (а.
— қатар, тәртип пенен турыў).
Адамдардың, затлардың белгили бир тәртип пенен дизилиўи, турақлы катары, дизбек.
Тумарис ақ саўыт кийип, Ләшкерин турғызып сапқа, Секирғендей ақша кийик, Минди ғарғып Ақбоз атка (И.Юсупов).
Бул жерде жаслар ер жүрек, Алдынғы сапта көринди (Б.Кайыпназаров).
Сапта турған халайық, тамашаға қарады («Алпамыс»).
0 Сап дүзиў — қатар дүзиў, дизбек дүзиў.
Аспанда сап дизип дизилискен тырналар елине кайтып баратыр (Ө.Хожаниязов).
Сап болыў — тамам болыў, таўсылыў.
Жолбарыс биротала сап болып қалған екен, алдынғы еки аяғы арасында қолтыкдасып астына түскен адамға хештене қыла алмады, Аманлық әллен ўақытта есин жыйды (Т.Қайыпбергенов).
Жерден, суўдан там-тарыслық сап болды, Жатпаймыз хеш бурынғыдай таласып (И.Юсупов).
Сап етиў — бирден тап болыў, бирден келе қалыў, шыға кетиў.