⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САРАЙ

Қарақалпақша

ат. (п. — үй, баспана, кәрўансарай, жабық базар). 1. Хан, әмир, патшалардың турақлы резиденциясы болып хызмет еткен үлкен, салтанатлы, кең жақтылы имарат. Төрт түлик мал жыйнап салдырған сарай, Сонындай бар еди дәулетли бир бай (Омар). Ал, Санкт-Петербургта патша сарайының жулдызлары оны менсинип сөйлей ме, жоқ па? (Т.Қайыпбергенов). 2. Жасаў ямаса соңиаллық хызметке арналып, заманагөй архитектуўралық үлгиде салынған үлкен имарат, комплекс. Бала бакша, мектеп, клуб сарайы, Болды аўылда мәденият орайы, Билимленген қыз-жаўанның көркиндей, Жайнап кетти елдиң аўыл шырайы (И.Юсупов).