САРАТАН
Қарақалпақша
ат. 1. Он еки айдың бири, жаздың биринши ең ыссы айы, жаўза менен ҳәсет айының ортасындағы ай, июнь.
Сәўир санлы қыс, жаў а жары қыс, ай хай саратан сеннен де корқаман (ққ.х.қ.).
Мыс казандай қайнағанда саратан берилмей ме қыс тоқсанның сазайы (И.Юсупов).
2. Шамсия жыл есабының төртинши айының арабша аты, яғний 22-июнь — 21-июль аралығына туўра келеди.
Сәскеде саратан қуяшы әтирапты аямай қыздыра баслады (К.Кәримов).