⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САРСЫЛЫЎ

Қарақалпақша

ф. қапаланыў, уўайымланыў, қайғыланыў. Көп сарсылып, болма қапа, Қыя шөлде шекпе жапа, Келсе саған синли-апа, Не айтарсан турып, келин? (Бердақ). Кеше күндиз жумыс пенен сарсылды, Кула дүзде зарланғаннан не пайда (Омар). Қалың урықтың арасында жүрип отырып, сарсылып ойға батты... (К.Султанов). Қара кешке ғаңқылдап, дүркинин излер сарсылып (И.Юсупов). Ҳақыйқатында шайық ел бирлигин бузбаў ушын усы өлим жазасын сорағаны болмаса, қыяметлик досты Оразан батыр келгенде не жуўап берерин билмей сарсылыўда еди (Т.Қайыпбергенов).