⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САРҚЫТ

Қарақалпақша

ат. 1. Бир заттан, аўқаттан қалдырып, басқаларға берилетуғын бөлек, бөлим. Мынаў, анаў жайда отырғанларға сарқыт болсын (Ж.Аймурзаев). Бий «усы бастан қыр жесин» деген пәмде жасаўыл басының сарқытын Қосыбайға бергизбей, Мәдеминге: «бала-шағаларға апар» деп атландырды да, бай менен қазының сарқытын Қудияр менен екеўинин алдына (К.Султанов). 2. аўыс. Өтмиштен мийрас болып қалған, заман руўхына туўра келмейтуғын үрп-әдет, дәстүр, тәртип. Ескиликтиң сарқытларын әшкаралаўға уқыплы шығарма (Г.Есемуратов).