⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САҒАЛ

Қарақалпақша

ат. 1. Ийт туқымлас, жабайы жыртқыш хайўан. Түнге қарай қарақулақ, сағаллар аўылдың тап иргесинде улыйтуғын болып кетти (Т.Қайыпбергенов). Пышықкөрсең, шықылықлап жүргениң, Қайсы үйдиң ийти — бәрин билесең. Кимниң таўығына сағал келгенин, Айтып, дәрҳал сен ахбарот бересең (И.Юсупов). Көрсең, билсең атамыздан хабар бер, Таў жайлаған карсақ, сағал, түлкилер («Мәспатша»). 2. аўыс. Жаман, пәс нийетли адам. — Ооҳ, Хийўаның сағаллары! — деди болғаны (Т.Қайыпбергенов). 0 Сағал аяққа шығарыў — жаманатлы етиў, абырайын төгиў. Аш-жалаңашлар ақ отаўлылардан қасқырды көргендей жыйырылса да, төрди зорлар алып, жалаңаяқты сағал аяққа шығарды (К.Султанов).