САҒАҚ
Қарақалпақша
ат. 1. Балықлардың дем алыў органы.
Бир үкиге үңилип еди, сағақларын ашып-жаўып, қаңғалақлап жүрген сазанларды көрди (К.Султанов).
Зуўлап жүзип көк теңизде туўлайсаң, сағағыңнан айналайын балықлар (Ә.Шамуратов).
2. Алқым, мойын.
Сак ғарға сағағынан илинеди (ққ.х.н.).
Ағалар ярым тәрийпи, зулпы янағына түсер, Сағағына дизсе маржан, ошал буғағына түсер (Әжинияз).