САҒЫНЫЎ
Қарақалпақша
ф. Көргиси келиў, ақсаў, күсеў, ынтығыў, қумартыў.
Мен билемен, усы күнлери мени сағынып жүр (Ә.Шамуратов).
Аўыл-елди сағынып, базы ақшамларда уйқыламай шығатуғын әдет пайда болды (Т.Қайыпбергенов).
Арғы жүздеги салланып турған көк пишенлерге, ана бир шоқ талға, жайылып жүрген малларға бирим-бирим зейнин аўдарып, журтын сағынып келгендей тәбият көринислерине ынтығып тур (К.Султанов).