⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САҒЫТ

Қарақалпақша

ат. Денени найза, оқ, кылыш соққысынан сақлаў ушын кийилетуғын, темирден иеленген яки полат сымнан тоқылған әскерий кийим. Қара шашым бестен таллап түйейин, атам берғен ақ сағытты кийейин («Қырқ қыз»). Ҳәтте, ҳаял қызларымыз да шашын шекесине түйип, ақ сағыт кийип, нөкер хәм сәрдар болған (К.Султанов). Тумарис ақ сағыт кийип, Ләшкерин турғызып сапқа, Секирғендей ақша кийик, Минди ғарғып Ақбоз атқа (И.Юсупов). Қыз оған жуўап берип үлгерген жоқ, қуўғыншылардың сағыт кийген, муртлы, ҳәр бети аўырықтай биреўи келе сала ғаррыға найза урып жоқары көтерди (Т.Қайыпбергенов).