САҚ
Қарақалпақша
кел. Сезгир, билгиш, зийрек, ықтыятлы.
Сақ ғарға сағағынан илинеди (ққ.х.н.).
Буның бәрин Бекбай сақ болса да соңырақ аңлады (Ш.Сейтов).
«Сақ болыңлар, аңсаты алды менен өзлерин тонаңлар» деп кетти (Т.Қайыпбергенов).
0 Сақты сыныў — иси келиспеў, сөзи жүрмеў.
Олардың хеш қандай сақты сынбаған (Ж.Аймурзаев).
Сайымбет жан едиң бизлерден киши, Сақтың сынбай жүретуғын күн қайда (Күнхожа).
Әлле ойлап келешегин, бахытын, Сынбайтуғын сақытын... Еслей ме ол туўған аўылын ямаса, Интернатта өткен жаслық ўақытын? (И.Юсупов).