САҚШЫ
Қарақалпақша
ат. Қараўыл, гүзетши, гүзетиўши.
Жыйналыпты ким жаман, ким жақсы, Жасаўыллар болып сақшы, Сынапты сонда бизлерди (Күнхожа).
Дар ағаштың алдында еки сақшы — нөкер тур (К.Султанов).
Әй, дозақ сақшысы, бол мынаған сақ! Бул аўзыннан кирип, артыңнан шығар, Сөйтип дозақты да етеди карап ... (И.Юсупов).
Қала турғынларынан дәрўазаға сақшылар белгиленер еди (К.Көримов).