САҚЫЙ II
Қарақалпақша
кел. (а.
— қолы ашық, сақаўатлы).
Ҳеш кимнен хеш нәрсесин аямайтуғын, қолы ашық, қолы жазық, пейли кең, адамгершиликли, кеўли ашық.
Терең сырлы көк нур... О, сақый далам! От басында ғеологлар сол гезлери, Сени мақтағанда, көринген маған, Тек сол гесирткениң сырлы көзлери (И.Юсупов).
— Сизиң Есенгелди бий жаңа ханнан мәҳрем атағын алды, — деп шадлы мәҳрем оның шарбағындағы аўылласларын жыйнап зыяпат бергенин мақтаныш етип айтты, ҳәр гәпиниң бәнтинде «Есенгелди мәҳрем сақый екен» деп тәкирарлап отырды (Т.Қайыпбергенов).