⬅️ Basqa sóz izlew
LatinКирил

САҚЫЙЛЫҚ

Қарақалпақша

ат. Қолы ашықлық, қолы жазықлық, пейли кеңлик, кеўли ашықлық. Сақыйлығы журтқа мәлим пейли кең, Саған кимниң аўмап еди аңсары (М.Қарабаев). Уллы Ўатанларлық урыс дәўирин Көмекбай усындай сақыйлық пенен өткерди (Ж.Аймурзаев). Сақыйлықтың да бар өзинше шеги, Бул не деген қолы ашықлық деди... (И.Юсупов). Тәўке хан бабаларымызға «Ақ таўды» инам етип дәрбенттен бажы өндириўдии еркин бергенинде, сақыйлық қылды дейсиз бе? (Т.Қайыпбергенов).