САҚЫЙНА I
Қарақалпақша
ат. 1. Бармаққа кийгизилип қойылатуғын дөңгелек зат, жүзик.
Жасының елиўден өткенине қарамастан, еле тақыясына тумар тигип, бармағына сақыйна салып қойыпты (А.Бекимбетов).
Бул ўақытта Айтгүл гүмис билезик пенен гәўхар қаслы сақыйнаны Нигарханның қолына кийгизип, қутлы болсын айтып атыр еди (К.Султанов).
2. Кесиўге арналған қылыштың, пышақтың ҳәм т.б.
сабының тыйық тәрепиндеги дөңгелек зат.
Дәстеси дәндәннан, тыйығы алмастан, сақыйнасы алтыннан, қорғасын саплы қанжарын қолға алып дәўдии жанына барып, сақалын услап, қол-аяғын таңып қарқыратып шалады («Қоблан»).
Үш жигиттиң үш мәртебе сорасқан аманлығына қызда оймақ қаслы сақыйнадай жаўдыраған сүйкимли көзлерин жигитлердиң жүзине үш мәртебе аўдарып таслап, үш мәртебе «шүкир!» деди (К.Султанов).