САҚЫТЛАЎ
Қарақалпақша
ф. Бир ўақыядан өзин айырып алыў, өзин шетке алыў, қутылыў.
— Тап оған мениң де көзим жетпейди, келин, — деп Ниязов басын сақытлағысы келди (К.Султанов).
Маман бий ашыў менен Хийўа нөкерлерине басқы таптырып, зып берғенде, қара басын сақытлаўды мақсет етпеди (Т.Қайыпбергенов).