САҲРА
Қарақалпақша
ат. (а.
— шөл, дала).
Өсимлиги жүдә аз, кең жазық дала, шөл, қула дүз, қумлық, суўы жоқ қула майдан.
Суў тиймеген шөлистанлық саҳра, Қим дейтуғын елимиздин сәрдары («Мәспатша»).
Уа, шайырлық! Сенсиз саҳра шөлдеймен, Булағыңнан ишкен сайын шөллеймен (И.Юсупов).
Алмагүлдиң көзлери ойнақшып, жас жуўған жүзи жайнап, қарақалпақ саҳрасында жекке өсип, азанғы шықта турған ақ лалаға меңзеди (Т.Қайыпбергенов).