СВОДКА
Қарақалпақша
ат. (р. — топлап шығарыў, бир түрге келтириў).
Қандай да бир жумыстың барысы, жобаның орынланыўы, нәтийжеси, жуўмағы ҳаққындағы көрсеткишлер белгили тәртипте жайластырылған жазба мағлыўмат.
Фермасы жоқ тамға сүйеп, Сыйырларын саўатуғын, От орнына сводка жеп, Қыстан зорға шығатуғын (И.Юсупов).
Ҳәр бир муғаллимниң блокнотынан, пахта сводкасы табылар мудам (И.Юсупов).