СЕБЕБИ
Қарақалпақша
дән.
Сөзлерди байланыстырып, ғәп дүзиўде қолланылатуғын көмекши сөз.
Усындай қатты даўылда муз астындағы суўңың шайпалыўы менен аўылдың қарамындай муз тутас муздан жарылып, теңиздиң ортасындағы қара суўға қарай бөлинип ыққанын үстиндеги адамлар сезбей қалады, тек муздың астындағы аўдан билиўге болады, себеби аў таўланып шығады деп ғарры балықшылар әңғиме етип отырғанын Жәмийланың қулағы шалатуғын еди (К.Султанов).
Таза жүрек таза тәлим себеди, Муҳаббатты алдай алмас сайлы жас, Сүйсек, усылай шын сүйейик, себеби, Шынтлап сүйғен кеўил ҳаслан айнымас (И.Юсупов).
Бул олар ушын жүдә рәҳәтли күлки болды, себеби Маман бий олардың бир-бирине айта алмай иште бүклеп жүргенлерин айтты (Т.Қайыпбергенов).
— Сезбейсиз, себеби балаға қарамайсыз, — деди ол (М.Нызанов).